Сөйлесиў ўақтында еки тәреплеме саўда-инвестициялық бирге ислесиўди кеңейтиў, жаңа өндирис кәрханаларын иске қосыў ҳәм санлы инфраструктураны раўажландырыў мәселелери көрип шығылды.

Қытай тәрепинен билдирилген усыныслар арасында: Өзбекстанда Цзянсу провинциясы кәрханаларының қатнасыўында арнаўлы санаат зонасын шөлкемлестириў; бирге ислесиўден мәпдар Қытай компанияларының дизимин қәлиплестириў; биргеликтеги жумысшы топарды дүзиў; инвестициялық ушырасыўларды шөлкемлестириў сыяқлы усыныслар бар.

Буннан тысқары, өз-ара инвестициялық имканиятларды алға қойыў ушын 2026-жылы Өзбекстан ҳәм Цзянсу қалаларында " road show" форматында бир қатар илажлар өткериўге келисип алынды.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер биргеликтеги жойбарларды жедел әмелге асырыў ҳәм Өзбекстан менен Цзянсу провинциясы арасындағы экономикалық шерикликти беккемлеў ушын потенциалдан пайдаланыўға өз-ара таяр екенин тастыйықлады.