Илажда мәмлекет басшылары, ҳүкимет ўәкиллери, жетекши экспертлер ҳәм ең ири энергетика компаниялары да қатнаспақта.
Тәреплер нефть-газ ҳәм электр энергетикасы тараўларында еки тәреплеме қатнасықларды раўажландырыў, инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ҳәм бул бағдардағы әмелге асырылып атырған жумысларды додалады.
Бурын Өзбекстан ҳәм Россия Президентлери Шавкат Мирзиёев ҳәм Владимир Путин еллеримиз арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм өз-ара бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў мәселелерине айрықша итибар қаратқан еди.
Ушырасыў жуўмағында еки мәмлекет басшылары тәрепинен белгиленген ўазыйпаларды өз ўақтында әмелге асырыў бойынша келисимге ерисилди.









