Өзбекстан ҳәм Россия туризм тараўындағы еки тәреплеме бирге ислесиў перспективаларын додалайды

    Туризм 25 қараша 2025 356

    2025-жыл 26-ноябрь күни Өзбекстан ҳәм Россия арасындағы экономикалық бирге ислесиў бойынша комиссия шеңберинде туризм бойынша киши комиссияның үшинши мәжилиси болып өтеди.

    Мәжилис "Россияда Өзбекстан туризм жылы"ның жуўмақлары, туризм тараўындағы еки тәреплеме бирге ислесиў перспективалары ҳәм мәмлекетлер арасындағы исбилерменлик байланысларын беккемлеў мәселелерин додалаўға бағышланады.

    Россия делегациясына Россия Федерациясы экономикалық раўажланыў министриниң орынбасары Д.Вахруков басшылық етеди.

    Сондай-ақ, Россия делегациясы "Жипек жолында туризм" 30-Ташкент халықаралық туризм ярмаркасының рәсмий ашылыў мәресиминде қатнасады.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates