Тәреплер тәжирийбе алмасыў ҳәм экологиялық қәўипсизликтиң заманагөй әмелиятын енгизиўге айрықша итибар қаратып, қоршаған орталықты қорғаў тараўындағы еки тәреплеме бирге ислесиўдиң әҳмийетли бағдарларын додалады.
Алишер Саломов Өзбекстан Россияның тәбиятты қорғаў структуралары менен, соның ишинде, тәбийғый ресурсларды басқарыў ҳәм экологиялық қадағалаў механизмлерин жетилистириў бағдарындағы бирге ислесиўди жеделлестириўге таяр екенин атап өтти.
Еки мәмлекет ушын стратегиялық әҳмийетке ийе болған суў объектлерин қорғаў ҳәм суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў мәселелери өз алдына блок сыпатында додаланды. Өзбекстан тәрепи тәбиятты қорғаў бойынша миллий илажларды беккемлеўде россиялы қәнигелердиң жетискенликлери ҳәм көзқарасларын үйрениўден мәпдар екенин билдирди.
Ушырасыў конструктивлик руўхта өтти ҳәм бир қатар перспективалы бағдарлар бойынша өз-ара түсинисиўди беккемлеў имканиятын берди. Тәреплер халықаралық экология ҳәм тәбийғый ресурсларды қорғаў тараўында турақлы сөйлесиўди раўажландырыў ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўди даўам еттириў нийетин тастыйықлады.








