Өзбекстан Республикасы Туризм комитети баслығының биринши орынбасары Д.Абдусаламов ҳәм Россия Федерациясы экономикалық раўажланыў министриниң орынбасары Д.Вахруков басшылығында өткен мәжилисте еки мәмлекеттиң тийисли уйымлары, туризм шөлкемлери, билимлендириў мәкемелери ҳәм исбилерменлик структураларының ўәкиллери қатнасты.
Тәреплер бурын ерисилген келисимлердиң орынланыўы, 2025-2026-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў бағдарламасының әмелге асырылыўы ҳәм "Россияда Өзбекстан туризм жылы" шеңберинде өткерилген илажлардың нәтийжелерин додалады, өз-ара туристлик алмасыўдың унамлы пәти атап өтилди.
Ушырасыў жуўмағында тәреплер биргеликтеги туристлик өнимлерди буннан былай да алға қойыў, билимлендириў бағдарламаларын раўажландырыў, транспорттан пайдаланыў имканиятларын жетилистириў, маркетинг жумысын күшейтиўге таяр екенин тастыйықлады.








