Ушырасыўда InterHealth, Vision Invest, Miahona, Riyadh Cables, Saudi Tabreed, Al Bawani, Al Kathiri Holding, Abunayyan Holding, Kdot Partners ҳәм басқа да корпорациялардың басшылары қатнасты.
Фармацевтика ҳәм денсаўлықты сақлаў, транспорт ҳәм энергетика, суў тәмийнаты, санаат кооперациясы ҳәм санлы экономика сыяқлы тараўлардағы бирге ислесиў перспективалары додаланды.
Өндиристи локализациялаў, инфраструктураны модернизациялаў ҳәм инновациялық шешимлерди енгизиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Сөйлесиўлер жуўмағында тәреплер шерикликтиң стратегиялық өзгешелигин атап өтип, еки тәреплеме байланысларды беккемлеў ҳәм бирге ислесиўди және де раўажландырыўға қаратылған жаңа перспективалы жойбарларды биргеликте ислеп шығыўға келисип алды.