Сапар етиў шеңберинде бир қатар ушырасыўлар, соның
ишинде, «Sudair Pharma» компаниясының бас директоры Яссер Иброҳим Ал-Убайда
менен ушырасыўлар өткерилди.
Ушырасыўда фармацевтика тараўында бирге ислесиў
имканиятлары, сондай-ақ, өндиристи локализациялаў мәселелери додаланды.
Компанияға Өзбекстан базарының имканиятларын үйрениў ҳәм болажақ V Ташкент
халықаралық инвестициялық форумында қатнасыўға мирәт етилди.
Сондай-ақ, сыртқы ислер министри Саудия Арабстаны Патшалығы
инвестициялар министри Фаҳад бин Абдулжалил Ас-Сайф пенен ушырасыў өткерди.
Сөйлесиўде Өзбекстан ҳәм Саудия Арабстаны арасындағы
бирге ислесиў өз-ара исеним ҳәм ҳүрмет тийкарында избе-из раўажланып атырғаны,
инвестициялық шериклик көлеми кеңейип атырғаны атап өтилди. Тәреплер еки
тәреплеме қатнасықларды буннан былай да кеңейтиў бойынша пикир алысты ҳәм
саудиялы шериклерди усы жылдың июнь айында болып өтетуғын Ташкент халықаралық
инвестициялық форумында қатнасыўға мирәт етти.
Сондай-ақ, Ар-Риядта Ар-Рияд ўәлаяты ҳәкими шаҳзада
Файсал бин Бандар Ол Сауд пенен ушырасыў болып өтти.
Делегацияға көрсетилип атырған қызғын миймандослық
ушын миннетдаршылық билдирилип, бул Патшалық дәстүрлери ҳәм сақыйлығының
көриниси екени атап өтилди. Өз-ара исеним ҳәм улыўма умтылысларға тийкарланған
қатнасықларды буннан былай да беккемлеў, тийкарғы бағдарларда бирге ислесиўди
кеңейтиўге таяр екенлиги тастыйықланды.
Сондай-ақ, Бахтиёр Саидов Саудия Арабстаны Патшалығы
сыртқы ислер министри шаҳзада Файсал бин Фархон Ол Сауд пенен ушырасыў өткерди.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң
Еки муқаддес мешит хызметкери, Патша Салмон бин Абдулазиз Ол Сауд ҳәм
Мийрасхор, Бас министр Муҳаммад бин Салмон Ол Саудқа шын жүректен сәлеми ҳәм ең
жақсы тилеклери жеткерилди.
Тәреплер регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе
әҳмийетли мәселелер, әсиресе, Жақын Шығыстағы жағдай, сөйлесиў ҳәм
дипломатияның әҳмийети бойынша пикир алысты. Атап өтилгениндей, еки тәреплеме
бирге ислесиў избе-из кеңейип бармақта, бул еки мәмлекет арасындағы шерикликтиң
тереңлесиўин сәўлелендиреди. Тәреплер тығыз бирге ислесиўди даўам еттириў ҳәм
көп қырлы шерикликти беккемлеўге келисип алды.
Сондай-ақ, Буғаз араб мәмлекетлери бирге ислесиў
кеңесиниң бас хаткери Жасем Муҳаммад Ал-Будайвий менен ушырасыў өткерилди.
Өзбекстанның Кеңес пенен бирге ислесиўди буннан былай
да беккемлеў бағдарындағы умтылысы исенимли екени атап өтилди. Түрли
бағдарлардағы бирге ислесиўдиң унамлы пәти атап өтилип, болажақ қоспа илажларға
таярлық көриў, сондай-ақ, экономика, инвестиция ҳәм транспорт тараўларында
әмелий басламаларды алға қойыў мәселелери додаланды.
Тәреплер бирге ислесиўди және де тереңлестириў ҳәм
әмелий байланысларды кеңейтиўге таяр екенин билдирди, деп хабар бермекте ӨзР
СИМ баспасөз хызмети.