Делегация қурамында инвестициялар, санаат ҳәм саўда министриниң орынбасары Шоҳрух Ғуломов та бар.
Сапар етиў даўамында Саудия Арабстаны инвестициялар министри Ҳолид аль-Фалиҳ ҳәм Патшалықтың жетекши компанияларының басшылары менен сөйлесиўлер өткерилди. Тәреплер санаат, энергетика, инфраструктура, денсаўлықты сақлаў, мийнет миграциясы сыяқлы бағдарларда бирге ислесиўди кеңейтиў перспективаларын додалады.
Сөйлесиўлер жуўмағында Өзбекстан Республикасы Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги ҳәм Riyadh Cables Group компаниясы арасында Ташкент қаласында жоқары күшлениўли кабель өнимлерин ислеп шығарыўды шөлкемлестириў жойбарын биргеликте ислеп шығыў ҳаққындағы келисимге қол қойылды.
Жойбардың баҳасы 122 миллион АҚШ доллары болып, жылына 24 мың тонна өним ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе. Жойбардың әмелге асырылыўы 340 жаңа жумыс орнын жаратыў имканиятын береди.
Буннан тысқары, тәреплер энергетика, суў тәмийнаты, мәлимлеме технологиялары, аўыл хожалығы ҳәм инфраструктура тараўларында 20 дан аслам қоспа жойбарды қамтып алған Әмелий ҳәрекетлер режесин тастыйықлады.
Өзбекстан делегациясының әмелий сапары Өзбекстан ҳәм Саудия Арабстаны арасында өз-ара пайдалы экономикалық байланысларды раўажландырыў ҳәм перспективалы инвестициялық басламаларды әмелге асырыўға қаратылған стратегиялық шерикликти беккемлеўде әҳмийетли қәдем болды.








