Сөйлесиўлер ўақтында тәреплер еки мәмлекет арасындағы саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық шерикликтиң бүгинги жағдайы ҳәм оны раўажландырыў перспективаларын додалады.
Өзбекстан - Сербия қатнасықларына жаңа пәт бағышлайтуғын санаат кооперациясы, фармацевтика, энергетика, аўыл хожалығы, транспорт ҳәм технологиялар тараўларындағы бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.









