Ушырасыўда тәреплер саўда, транспорт, аўыл хожалығы, санлы трансформация, билимлендириў ҳәм басқа да перспективалы бағдарларда бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелерин додалап, еки тәреплеме сөйлесиўди жеделлестириўге таяр екенин тастыйықлады.
Сапар шеңберинде Лазиз Қудратов Словения Бас министриниң орынбасары - сыртқы ҳәм Европа ислери министри Таня Файон менен ушырасты. Фармацевтика, логистика, әҳмийетли минераллар тараўларында кооперацияны раўажландырыў илажлары, сондай-ақ, Өзбекстан өнимлериниң ЕА базарына шығыўын қоллап-қуўатлаў мәселелери додаланды.
Мәжилис жуўмағында Комиссияның протоколы ҳәм еки мәмлекет аўыл хожалығы министрликлери арасында бирге ислесиў ҳаққындағы меморандумға қол қойылды.
Сапар даўамында Словенияның бир қатар компаниялары менен сөйлесиўлер өткерилип, санластырыў, авиация, кадрлар таярлаў, фармацевтика, энергетика ҳәм қамсызландырыў тараўларында биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў бойынша келисимлерге ерисилди.









