Тәреплер инвестициялар, санаат, энергетика ҳәм инфраструктура тараўларында Өзбекстан-АҚШ бирге ислесиўиниң бүгинги жағдайы ҳәм оны раўажландырыў перспективаларын, сондай-ақ, Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң сентябрь айында АҚШқа сапары даўамында ерисилген келисимлерди әмелге асырыў мәселелерин додалады.
Лазиз Қудратов ерисилген келисимлерди әмелге асырыў әҳмийетли екенин атап өтип, Америка компанияларының таў-кән санааты ҳәм аўыл хожалығынан баслап транспорт ҳәм мәлимлеме технологияларына шекемги тийкарғы тармақлардағы инвестициялық жойбарларда қатнасыўға қызығыўшылығы жоқары екенин атап өтти.
Буннан тысқары, сөйлесиўде Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм АҚШ арасындағы регионаллық бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм стратегиялық шерикликти тереңлестириўде әҳмийетли басқыш болатуғын АҚШта болып өтетуғын "ЦС5+1" саммитине таярлық мәселелери көрип шығылды.