Сөйлесиўлер ўақтында тәреплер аўыл хожалығы тараўында бирге ислесиўди раўажландырыў, биргеликтеги илимий-изертлеў ҳәм билимлендириў жойбарларын әмелге асырыў, саўда-экономикалық байланысларды кеңейтиў мәселелерин додалады.

Атап айтқанда, соя ҳәм пахтаны жетистириў ҳәм қайта ислеў бойынша тәжирийбе алмасыў, биргеликте илимий-изертлеўлер алып барыў, аўыл хожалығы өнимлериниң експортын кеңейтиў бойынша келисимлерге ерисилди.

Аграр инновацияларды раўажландырыў, илимий мәкемелер арасындағы шерикликти беккемлеў ҳәм биргеликтеги изертлеў бағдарламаларын режелестириў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Доктор Скотт Хатчинс Өзбекстанда аўыл хожалығы тараўында әмелге асырылып атырған реформаларды жоқары баҳалап, АҚШ илимий-техникалық ҳәм саўда тараўларындағы бирге ислесиўди кеңейтиўге таяр екенин атап өтти.