Сөйлесиўлер ўақтында креатив индустрия ҳәм балалар медиа-контентин ислеп шығарыў тараўындағы бирге ислесиў перспективалары көрип шығылды.

"Мақсетимиз - Өзбекстан пайтахтын балалар контентин ислеп шығарыў бойынша регионаллық хабқа айландырыў. Голливуд қәнигелери менен биргеликте жаңа әўлад аниматор, режиссёр ҳәм сценаристлер таярлаўды режелестиргенбиз. Мырза Вашингтон мәмлекетте әмелге асырылып атырған реформаларға қызығыўшылық билдирип, басламаларымызды қоллап-қуўатлаўға таяр екенин билдирди.

Сондай-ақ, биз Өзбекстанда The Walt Disney компаниясының Орайлық Азиядағы ўәкилханасын ашыў ҳәм өзбек тилиндеги толық балалар контентине ийе телеканалды иске қосыўдан мәпдар екенимизди билдирдик", - деп атап өтти Саида Мирзиёева.

Тийкарғы жойбарлар қатарында халықаралық компаниялар ушын жеңиллетилген шараятларға ийе Cinema Park креатив паркин шөлкемлестириў де нәзерде тутылмақта. Узақ мүддетли перспективада регионда туризмди раўажландырыўдың жаңа драйверине айланыўы мүмкин болған "Диснейленд" тематикалық паркин қурыў идеясы додаланбақта.