ТİМ - Түркияның экспорт стратегиясын қәлиплестириўши тийкарғы шөлкемлерден бири. Ол 1993-жылы шөлкемлестирилген болып, экономиканың 27 тармағы, 61 экспортшылар аўқамы ҳәм 150 мыңнан аслам компанияны бирлестиреди.

Ушырасыўда Өзбекстан ҳәм Түркия арасында саўда-экономикалық бирге ислесиўди раўажландырыў, өз-ара экспорт ҳәм импортты кеңейтиў, еки мәмлекет исбилерменлери арасында тиккелей байланысларды беккемлеў мәселелери додаланды.

Буннан тысқары, қатнасыўшылар 6-9-апрель күнлери ТİМ қәўендерлигинде Түркия исбилерменлери делегациясының Өзбекстанға режелестирилген сапарының шөлкемлестириў мәселелерин додалады.