Ушырасыўдан тийкарғы мақсет түркиялы инвесторлардың Өзбекстандағы жумысы даўамында жүзеге келип атырған мәселелерди додалаў ҳәм оларды жедел сапластырыў бойынша әмелий шешимлер ислеп шығыўдан ибарат болды.

Илажда Туркияның Anadolu, Albayrak, Ziraat Bank, Cengiz, Çalık, Aksa, Eczacıbaşı Esan, OSTIM, Nobel сыяқлы ири компанияларының басшылары ҳәм ўәкиллери қатнасты.

Түркия тәрепи Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен инвесторларға көрсетилип атырған итибарды, сондай-ақ, жойбарларды әмелге асырыў процесинде пайда болып атырған мәселелерди жедел шешиў бағдарындағы жумысларды жоқары баҳалады. Мәмлекет ҳәм бизнес арасындағы ашықтан-ашық сөйлесиўдиң бундай форматы тек ғана бир қатар мәмлекетлерде қолланылып атырғаны атап өтилди.

Ушырасыўда Түркия компаниялары жумысының әмелий мәселелери - өнимлерди маркировкалаў, дебитор қарыздарлық, инфраструктура тәмийнаты ҳәм мийнет қатнасықларын тәртипке салыў мәселелери додаланды. Сондай-ақ, инвестициялық орталықты жетилистириў бойынша усыныслар билдирилди, мәжилис жуўмағында жуўапкерлер белгиленип, көтерилген мәселелерди жедел шешиў бойынша тапсырмалар берилди.

Өзбекстан менен Түркия арасындағы саўда-экономикалық бирге ислесиў жедел раўажланбақта. Кейинги бес жылда өз-ара саўда көлеми 2020-жылдағы 2,5 миллиард доллардан 3 миллиард долларға жетти. Қоспа кәрханалардың саны 3,5 есеге көбейип, 2020-жылдағы 613 ден 2 149 ға жетти. Түркия инвестицияларының өзлестирилиўи 4,5 есеге өсип, 2025-жылы 3,1 миллиард долларға жетти. Мәмлекетлер арасында ҳәптесине 100 ге шамалас авиарейслер әмелге асырылады.

Бүгинги күнде энергетика, геология, қурылыс материалларын ислеп шығарыў, аўыл хожалығы, денсаўлықты сақлаў ҳәм басқа да тараўларда Түркия инвестицияларының қатнасыўында улыўма баҳасы дерлик 10 миллиард долларлық бир қатар жойбарлар әмелге асырылмақта.