Қарарға муўапық, Өзбекстан Республикасы Ҳүкимети менен Түркия Республикасы Ҳүкимети арасында аймақлық раўажланыў тараўындағы бирге ислесиўди беккемлеў ҳаққындағы келисим тастыйықланды.
Бул Келисимге 2024-жыл 6-июнь күни Анкара қаласында қол қойылған.
Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги усы халықаралық шәртнаманы әмелге асырыўға жуўапкер болған ўәкилликли уйым етип белгиленди.
Министрлер Кабинети, тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары усы халықаралық шәртнама күшке киргеннен кейин оның қағыйдаларының орынланыўы үстинен белгиленген тәртипте қадағалаўды тәмийинлейди.