Өзбекстан ҳәм Уллы Британия арасында мийнет миграциясы тараўында бирге ислесиў ҳаққында меморандумға қол қойылды

    Өзбекстан елшиханасында Министрлер Кабинети жанындағы Миграция агентлиги директоры Беҳзод Мусаев ҳәм Британияның Мийнет нызамшылығына әмел етиўди қадағалаў ҳәм эксплуатацияға қарсы гүресиў басқармасы (Gangmasters and Labour Abuse Authority - GLAA) директоры Элиза Маккаффри менен ушырасыў болып өтти.

    GLAA Уллы Британияның жумысқа орналастырыў ҳәм рекрутинг, соның ишинде, аўыл хожалығы тараўындағы жеке меншик агентликлердиң жумысын лицензиялаў, сондай-ақ, мийнет нызамшылығына әмел етилиўин мониторинг етиў ҳәм мийнет шараятларын жақсылаўды әмелге асыратуғын мәмлекетлик уйымы болып есапланады. Структураның тийкарғы ўазыйпасы жумысшыларды эксплуатациялаўдың алдын алыў ҳәм олардың ҳуқықларын қорғаў болып есапланады, деп хабар бермекте "Дунё" МА.

    Сөйлесиўлер ўақтында тәреплер мийнет миграциясы тараўында Өзбекстан - Уллы Британия бирге ислесиўин жаңа басқышқа алып шығыў перспективалары бойынша пикир алысып, бир қатар келисимлерге еристи.

    Ушырасыў жуўмағында Миграция агентлиги ҳәм GLAA арасында бирге ислесиў ҳаққындағы меморандумға қол қойылды.

    Ҳүжжет Өзбекстаннан Уллы Британияға жумысшы күшин тартыў процесин тәртипке салыў, мийнет мигрантларының санын көбейтиў, сондай-ақ, усы мәмлекет аймағында мийнет етип атырған пуқараларымыздың ҳуқықлары менен мәплерин нәтийжели қорғаў бойынша қосымша механизмлерди жаратыўға қаратылған.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates