Ҳүжжет Өзбекстан экономикасының тийкарғы тармақларында инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўға қаратылған болып, Өзбекстан ҳәм Вьетнам арасындағы саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық байланысларды буннан былай да беккемлеўге хызмет етеди, деп хабар бермекте "Дунё" МА.
Меморандум шеңберинде тәреплер Өзбекстанды социаллық-экономикалық раўажландырыўдың әҳмийетли бағдарларына сәйкес инвестициялық жойбарлар бойынша стратегиялық бирге ислесиў имканиятларын биргеликте ислеп шығыў ҳәм раўажландырыўға келисип алды.
Атап айтқанда, «Vingroup» корпорациясы қала қурылысы тараўында, соның ишинде, заманагөй турақ жай комплекслери, мийманханалар, бизнес орайлары, саўда ҳәм кеўилашар объектлерди қурыў жойбарларын әмелге асырыў бойынша бирге ислесиўге таяр екенин билдирди.
Буннан тысқары, "жасыл" трансформация, турақлы транспорт ҳәм заманагөй сервис системаларын раўажландырыў тараўларында бирге ислесиў потенциалын үйрениўге келисип алынды.
Қол қойылған ҳүжжет рекреация инфраструктурасын раўажландырыў, Өзбекстанның туризм потенциалын жүзеге шығарыў ҳәм халықаралық туристлер ушын тартымлылығын арттырыўға қаратылған инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ушын беккем тийкар жаратады.
Қол қойыў мәресиминде «Vingroup» корпорациясының вице-президенти ҳәм бас директоры Нгуен Вьет Куанг Өзбекстан Орайлық Азиядағы ең перспективалы мәмлекетлерден бири екенин, турақлы экономикалық өсиў ҳәм қолайлы инвестициялық орталықтың қәлиплесип атырғаны узақ мүддетли перспектива ушын кең имканиятлар ашып атырғанын атап өтти.