"ROX Group" Вьетнамның көп тармақлы ири компаниясы болып, энергетика, қала қурылысы, туризм ҳәм қаржы хызметлерин көрсетиў тараўларында жойбарларды әмелге асырады.

Ушырасыў ўақтында тәреплер компания тәрепинен Ташкент қаласы ҳәм аймақларда әмелге асырылып атырған жойбарларды жеделлестириў илажларын додалады. Тийкарғы итибар қалалардың заманагөй инфраструктурасын раўажландырыў ҳәм инвестициялық бирге ислесиўдиң жаңа перспективалы бағдарларын излеўге қаратылды.

Сөйлесиўлер жуўмағында тәреплер конструктивлик сөйлесиўди даўам еттириў ҳәм биргеликтеги жумыслардың әҳмийетли бағдарлары бойынша әмелий бирге ислесиўди тереңлестириўден өз-ара мәпдар екенин тастыйықлады.