Делегация қурамында "Туранбанк" АТБ, «UzAgroStar Holding», "Булунғур - Агро Стар", «Agro Gold Premium» ҳәм басқа да тармақ шөлкемлериниң ўәкиллери бар. Сапардан гөзленген мақсет - Египеттиң «Mustaqbal Misr» ири компаниясының шөл аймақларын өзлестириў бойынша алдыңғы тәжирийбесин үйрениў, деп жазбақта "Дунё" МА.

Сапар даўамында делегация жер асты суўларынан пайдаланыў ҳәм заманагөй агрожойбарларды әмелге асырыў бойынша табыслы әмелиятлар менен танысты. Тәреплер Египет тәжирийбесин Өзбекстанда қолланыў имканиятлары ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди кеңейтиў перспективаларын додалады.

"Жаңа дельта" регионының аўыл хожалығы жерлерине айрықша итибар қаратылып, делегация жойбарлардың көлеми, режелестириў дәрежеси ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўге байланыслы көзқарасларды үйренди.

«Mustaqbal Misr» ("Египет келешеги") жойбары шөл аймақларын өзлестириў, аўыл хожалығы ҳәм инфраструктураны раўажландырыў, мәмлекеттиң батыс бөлегинде жаңа жәмийетлер, жумыс орынлары ҳәм өндирислик қуўатлықларды жаратыўға қаратылған.

Қәнигелер Египет әмелиятын Өзбекстанға бейимлестириў жер ҳәм суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў, аўыл хожалығы инфраструктурасын раўажландырыў, фермер ҳәм инвесторлар ушын жаңа имканиятлар жаратыўға хызмет етиўи мүмкин екенлигин атап өтти.