"Дунё" МАның хабар бериўинше, өзбек тилин сырт елде кең ен жайдырыўда тийкарғы машқала сыпатында заманагөй талапларға жуўап беретуғын өзбек тили грамматикасына байланыслы шет тилинде жазылған қолланбаны табыў қыйын еди. Ҳәзирги сабақлық болса тереңлестирилген тәризде оқытыўға ҳәм олар өз бетинше тил үйрениўге арналмаған.
Бундай машқалаларды сапластырыў мақсетинде ҳәм шет тиллерди үйрениў бойынша тәжирийбе тийкарында Өзбекстан мәмлекетлик жәҳән тиллери университети ҳәм Ташкент мәмлекетлик шығыстаныў университети қәнигелериниң усынысларын есапқа алған ҳалда усы китап таярланды.
Усы китаптың кирисиў бөлиминде өзбек тилиниң өзине тән өзгешеликлери, оның өзгериў басқышлары ҳәм де өзбек халқының қәлиплесиў тарийхы ҳаққында сөз етилген.
Китаптың тийкарғы бөлиминдеги 22 сабақ ири темаларды басқа қолланбалар сыяқлы бөлек-бөлек толық түсиндириўге емес, балким шет тилин үйрениў ушын ең зәрүр болған қағыйдалар ҳәм конструкцияларды үйретиўге бағышланған.
Ўзбек тилинде фейил мәҳәллерин түсиниў шет еллилер ушын салыстырмалы түрде қыйын екенлигин есапқа алып, қабыл етилген стандартлардан парқлы түрде инглис тилине салыстырып әпиўайы түрде түсиндирилген.
Ҳәрбир сабақ соңында қысқа шынығыўлар ҳәм текстлер келтирилген. Бунда үйрениўшиге жүк болмаўы ушын шынығыўлар саны көбейтилмеген. Себеби, ҳәзирги заманда ҳәр бир шахс қәлеген тилде қәлеген муғдардағы мағлыўматларды Интернет тармағынан табыўы ҳәм ҳәр қыйлы программалар жәрдеминде оларды аўдарыўы мүмкин.
Қолланбаның соңында тил үйрениўди аңсатластырыўшы қосымша бөлимлер де киргизилген.
Бизге белгили, шет тилин үйренген шахс тийисли мәмлекетке барғанында рәсмий тил ҳәм халық қолланатуғын сөйлесиў арасындағы парық себепли, усы тилди түсиниўде қыйыншылыққа ушырайды. Соны есапқа алып, өзбек тили диалектлери ҳәм олардың айырмашылықлары түсиндирилип, халық арасында қолланылатуғын, бирақ әдебий тилге киргизилмеген айырым кеңнен пайдаланылатуғын өзлестирилген сөзлер де усы китапқа қосымша етилген.
Қалаберди, шет тилин қосықлардан пайдаланып үйрениў қолайлы екенлигин есапқа алып, өзбек халқы арасында ғалаба ен жайған қосықлар китапта келтирилген, олардағы қурамалы сөзлер түсиндирмеси де тиккелей берилген.
Китапта өз бетинше аўдарыў ушын Өзбекстан ҳәм оның әййемги қалалары, уллы тарийхый тулғалары ҳаққында қызықлы мағлыўматларда бар.
Қолланбаның соңында 2500 ден аслам көп қолланылатуғын сөзлер тийкарында өзбекше-инглисше сөзлик басып шығарылды.
Елшихананың басламасы менен баспаға таярланған бул китап Египеттеги китапханалар, өзбек тилин үйренип атырған Каир университети студентлери арасында тарқатылмақта.
Сондай-ақ, мәмлекетимиздиң сырт елдеги дипломатиялық ўәкилханалары арқалы өзбек тили оқытылатуғын сырт ел университетлеринеде жеткериў режелестирилген.
Бул қолланба басқа мәмлекетлердеги оқыўшылар ушын Америка, Европа ҳәм Азиядағы AMAZON платформаларында да электрон ҳәм реңли баспа китап түринде жайластырылған, "Google Books" ҳәм "Google Play" платформаларында болса қосымша түринде табыў мүмкин.
Сондай-ақ, бул сабақлық рус тилине де аўдарылып, жойбар нусқасы "Узбекский язык: Полный курс за 22 урока" атамасы менен LITRES платформасында электрон түрде бар.
Бул қолланба ҳәзирде араб тилине де аўдарылмақта.







