Илажда Өзбекстан Республикасы энергетика министри Ж.Мирзамаҳмудов, Өзбекстан Республикасы суў хожалығы министри Ш.Ҳамраев, Қырғызстан Республикасы энергетика министри Т.Ибраев, Қазақстан Республикасы энергетика министри Е.Аккенженов, сондай-ақ, Тәжикстан Республикасы энергетика ҳәм суў ресурслары министри Д.Жума қатнасты. Сондай-ақ, ушырасыўда барлық төрт мәмлекеттиң энергетика компанияларының басшылары ҳәм жуўапкер қәнигелери қатнасты.

Сөйлесиўлер ўақтында қатнасыўшылар кейинги жылларда дос ҳәм туўысқан мәмлекетлердиң Президентлери тәрепинен басланған көп тәреплеме бирге ислесиў барлық бағдарларда, әсиресе, жанылғы-энергетика ресурслары тараўында избе-из ҳәм нәтийжели раўажланып атырғанын атап өтти.

Ушырасыўда усы гүзги-қысқы мәўсимди қәўипсиз өткериў, болажақ вегетация дәўиринде суў-энергетика системаларының турақлы, үзликсиз ислеўин тәмийинлеў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Буннан тысқары, тәреплер өз-ара бирге ислесиўди және де тереңлестириў мәселелерин додалады ҳәм энергетика тармақларының жумыс режимлери графиклерин келисип алды.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер регионда энергетика системаларының исенимли жумысын сақлап қалыў ушын ҳәрекетлерди муўапықластырыў ҳәм тәжирийбе алмасыўды даўам еттириўге таяр екенин тастыйықлады, бул барлық қатнасыўшы мәмлекетлердиң экономикалық турақлылығы ҳәм социаллық абаданлығы ушын үлкен әҳмийетке ийе.