Өзбекстан СИМ баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, «Termez Cargo Centre» майданшасында улыўма салмағы дерлик 390 тонна болған гуманитарлық жүк қәлиплестирилген болып, оған азық-аўқат өнимлери, дәри-дәрмақ ҳәм медициналық үскенелер киреди.

Жүклердиң қурамы менен танысыў ўақтында Балх ўәлаятының губернаторы Муҳаммад Юсуф Вафо Аўғанстан халқына көрсетилип атырған турақлы жәрдеми ҳәм ғамқорлығы ушын Өзбекстан Президентине терең миннетдаршылық билдирди. Оның сөзлерине бола, бул жәрдем Өзбекстан басшылығының аўған халқына дослық ҳәм туўысқанлық қатнасықларының айқын көриниси болып есапланады.

Атап өтилиўинше, бул гуманитарлық акция 2025-жылы өткерилген төртинши акция болды.

Сондай-ақ, губернатор Өзбекстанның еки тәреплеме қатнасықларды беккемлеў ҳәм саўда-экономикалық бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған әмелий қәдемлериниң әҳмийетли екенлигин атап өтти. Бул ҳәрекетлер себепли кейинги жылларда аўған өнимлериниң экспорт көлемин сезилерли дәрежеде арттырыў, сондай-ақ, Аўғанстан халқының социаллық-экономикалық жағдайын ҳәм абаданлық дәрежесин жақсылаўға ерисилди.