Глобаллық Embraer аэрокосмослық компаниясы Singapore Airshowда Өзбекстан С-390 Millennium транспорт самолётының буйыртпашысы екенин рәсмий түрде мәлим етти. Буннан алдын Embraer компаниясының рәсмий веб-сайты арқалы буйыртпа ҳаққында хабар берилген еди.

Самолёт мәмлекет әскерий-ҳаўа күшлери тәрепинен транспорт ҳәм гуманитарлық миссиялар ушын пайдаланылады, бул болса олардың оператив имканиятларын сезилерли дәрежеде кеңейтеди. Онда Өзбекстан С-390 Millennium самолётынан пайдаланыўды баслаған Орайлық Азиядағы биринши мәмлекет болады - Embraer ўәкиллериниң сөзлерине бола, бул "әскерий-транспорт авиациясы базарын түп-тийкарынан өзгертип жибереди".

XXI әсирде жаратылған ҳәм жойбарластырылған С-390 Millennium өз класындағы ең заманагөй әскерий транспорт самолётларынан бири болып есапланады. Ол 26 тоннаға шекем пайдалы жүк тасыў, 470 узелге шекем тезлик алыў ҳәм басқа орташа әскерий-транспорт самолётларына қарағанда узақ аралыққа жүриў имканиятына ийе.

Самолёт жүк ҳәм жеке қурамды тасыў, техника ҳәм хызметкерлерди түсириў, медициналық эвакуация, излеў-қутқарыў, өрт өшириў ҳәм гуманитарлық миссиялар сыяқлы кең көлемли ўазыйпаларды орынлаўға мөлшерленген. С-390 ўақтыншалық ямаса таярланбаған ушыў-қоныў жолларынан пайдаланыў имканиятына ийе.

Самолёттың ҳаўада толтырыў үскенелерин орнатыў имканиятына ийе конфигурациясы (КС-390 белгиси астында) оны жанылғы қуйыўшы ҳәм жанылғы қабыллаўшы сыпатында пайдаланыў имканиятын береди. Millennium НАТО инфраструктурасына толық сәйкес келеди ҳәм әсиресе, Agile Combat Employment (ACE) концепциясы шеңбериндеги операциялар ушын қолайлы.

Бүгинги күнде С-390 Millennium Бразилия, Португалия, Венгрия, Қубла Корея, Нидерландия, Австрия, Чехия, Швеция, Словакия ҳәм Литва әскерий ҳаўа күшлери тәрепинен тактикалық ҳәм стратегиялық ўазыйпаларды орынлаў ушын жоқары исенимлилик, универсаллик ҳәм нәтийжелиликти усыныс етеди.