2025-2027-жылларда мийўе-овош ҳәм азық-аўқат өнимлериниң экспорт көлемин арттырыў, ыссыхана хожалықлары жумысын буннан былай да раўажландырыў ҳәм қосымша қун шынжырын жаратыў бойынша тийкарғы мақсетли көрсеткишлер белгиленди:
мийўе-овош ҳәм азық-аўқат өнимлериниң экспорт көлемин 2026-жылы 3,5 миллиард долларға ҳәм 2027-жылы 4 миллиард долларға жеткериў;
тәбийғый газ бенен кепилликли тәмийинленген ыссыхана хожалықларында мийўе-овош жетистириў көлемин 2026-жылы 620 мың тоннаға ҳәм 2027-жылы 670 мың тоннаға жеткериў және бул өнимлердиң экспорт көлемин 30 проценттен 70 процентке арттырыў;
2026-жылы қосымша 20 мың гектар, 2027-жылы 15 мың гектар жерге мийўе-овош нәллерин егиўди шөлкемлестириў.
Ыссыхана хожалықларының үзликсиз ислеўи ушын төмендеги жеңилликлер бериледи:
2026-жыл 1-январьдан 2028-жылдың ақырына шекем социаллық салық ставкасы 1 процент муғдарында белгиленеди;
2025-жыл 1-октябрь жағдайындағы салық қарыздарлығын төлеў мүддети 2028-жылдың ақырына шекем процентлерсиз создырылады. Бунда:
- ыссыхана хожалықларына қолланылған ҳәкимшилик ҳәм финанслық жәриймалар, сондай-ақ, есапланған барлық пенялар толық бийкар етиледи;
- ыссыхана хожалықларының банк есап бетлерине депонентленген инкасса тапсырмалары шақырып алынады;
юридикалық ҳәм физикалық шахслардың ыссыхана хожалықлары ушын жер салығы жер фондының категориясына қарамастан, аўыл хожалығына мөлшерленген жерлер ушын белгиленген салық ставкалары бойынша есапланады. Аўыл хожалығына мөлшерленбеген жерлер ушын салық ставкалары бойынша есапланған жер салығы суммасы 2025-жыл январь айынан баслап қайта есап-санақ етиледи;
Аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкаларында қурылған ыссыхана комплекслерин пайдаланыўға қабыл етиў ҳәм оларға бириктирилген мүлкти Мәмлекетлик дизимнен өткериўге бериўде Жер кодексиниң 43-статьясына тийкарланып, бул жер участкаларын аўыл хожалығына мөлшерленген жерлер категориясынан шығарыў талап етилмейди. Мәмлекетлик дизимнен өткериўге берилгеннен соң, оларға коммерциялық банклер тәрепинен кредит бериледи ҳәм кредит тәмийнаты сыпатында пайдаланыўдан бас тартыў мүмкин емес;
ыссыханалар ушын ажыратылған жер участкасының 5 процентинде, бирақ 20 сотихтан көп болмаған жер майданында аўыл хожалығына мөлшерленген жерлердиң категориясын өзгертпеген ҳалда ыссыхана инфраструктурасы объектлерин (қазанхана, сортлаў-қабыллаў цехы, хожалық имаратлары ҳәм басқалар) қурыўға жол қойылады.
Буннан тысқары, ыссыхана хожалықларына:
Аўыл хожалығын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары есабынан айланыс қаржыларды толтырыў ушын, сондай-ақ, ыссылық ҳәм суўытыў хызметлери улыўма баҳасының 50 проценти муғдарында, сондай-ақ, шаң-газ тазалаў үскенелерин орнатыў ушын банклер тәрепинен 12 ай мүддетке 14 процентлик ставкада (соның ишинде, 4 процентлик банк маржасы) жеңиллетилген кредитлер бериледи;
ысытыў ҳәм суўытыў системаларының энергия нәтийжелилигин арттырыў платформасын сатып алыўға байланыслы ыссылық насосларын орнатыў қәрежетлериниң 20 процентке шекемги бөлеги Энергия нәтийжелилигин хошаметлеў ҳәм қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары есабынан төленеди.
Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 10.10.2025-жылдан күшке кирди, деп жазады «Norma».









