UNEA-7 186 мәмлекеттен 6 мыңнан аслам қатнасыўшыны бирлестирди ҳәм үш тәреплеме планеталық кризис - климат өзгериўи, биологиялық көп түрлиликтиң жоқ болыўы, жерлердиң деградациясы, қоршаған орталықтың патасланыўы ҳәм шығындылардың топланыўын сапластырыў бойынша шешимлер табыўға бағышланды. Ассамблея "Турақлы планета ушын турақлы шешимлерди алға қойыў" сүрени астында өтип, инсан ҳәм тәбият арасындағы тең салмақлылықты тиклеў, глобал экологиялық қәўип-қәтерлерди сапластырыў ушын улыўмалық жуўапкершиликти күшейтиў зәрүр екенлигин атап өтти.
Жоқары дәрежедеги сегментте Өзбекстан миллий баянат пенен шығып, онда Орайлық Азия ушырасып атырған экологиялық қәўип-қәтерлердиң артып баратырғанын атап өтти. Регион жерлериниң 20 проценттен асламы деградацияға ушырағаны, соңғы он жылларда музлықлардың жоғалыўы дерлик 30 процентке жеткени, бул болса суў қәўипсизлиги ҳәм турақлы раўажланыўға үлкен қәўип туўдырып атырғаны атап өтилди. Усы мүнәсибет пенен Өзбекстан тәрепи өз-ара байланыслы экологиялық машқалаларды комплексли шешиў ушын регионаллық ҳәм глобаллық бирге ислесиўди кеңейтиў зәрүр екенлигин атап өтти.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында мәмлекетимиз турақлы "жасыл" трансформация сиясатын избе-из әмелге асырып атырғаны атап өтилди. "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм жасыл экономика жылы" деп жәрияланған 2025-жылы экологиялық басқарыў системасын беккемлеўге қаратылған Президент қарары қабыл етилди. Әмелге асырылып атырған реформалар шеңберинде Экология ҳәм климат өзгериўи бойынша миллий комитет, сондай-ақ, экологиялық қадағалаўды күшейтиў ҳәм экологиялық ҳуқықбузарлықларға қарсы гүресиў бойынша ўәкилликлери кеңейтилген Экологиялық полиция шөлкемлестирилди.
Қайта тиклениўши энергетика қуўатлықларын арттырыў, үлкен көлемдеги тоғайзарлық бағдарламаларын әмелге асырыў, парник газлериниң шығындыларын азайтыў, сондай-ақ, Орайлық Азия қоршаған орталық ҳәм климат өзгериўи университетин (Green University) экологиялық билимлендириў ҳәм илимий изертлеўлердиң регионаллық орайы сыпатында раўажландырыў тийкарғы миллий тийкарғы бағдарлар етип белгиленген.
Сондай-ақ, Өзбекстан халықаралық экологиялық дипломатиядағы орны артып баратырғанын атап өтип, Самарқандта 180 мәмлекеттен 3 мыңнан аслам делегатты бирлестирген ҳәм жабайы тәбиятты қорғаў тараўында әҳмийетли қарарлар қабыл етилген CITES конвенциясы тәреплериниң 20-конференциясы (СоР20) табыслы өткерилгенин атап өтти. Өзбекстан бир ўақыттың өзинде CITES конвенциясы ҳәм Көшип жүриўши түрлер ҳаққындағы конвенцияға басшылық етип, әмелий ҳәм нәтийжеге қаратылған басламаларды алға қойыў, соның ишинде, Орайлық Азияда жабайы тәбиятқа қарсы жынаятларға қарсы гүресиў бойынша Самарқанд ҳәрекетлер режесин әмелге асырыўға садық екенин тастыйықлады.
UNEA-7 шеңберинде Өзбекстан делегациясы тематикалық сайд-ивентлерде белсене қатнасты, ЮНЕП, Глобал екологиялық қор (ГЭФ), көп тәреплеме қоршаған орталықты қорғаў конвенциялары ҳәм бирге ислесиўши мәмлекетлердиң басшылары менен бир қатар еки тәреплеме ушырасыўлар өткерди. Жойбарлар бойынша бирге ислесиўди кеңейтиў, экологиялық қаржыландырыўды мобилизациялаў, атмосфера ҳаўасының сапасын жақсылаў, химиялық элементлер ҳәм шығындыларды басқарыў, биологиялық көптүрлиликти сақлаў илажларын күшейтиў мәселелери додаланды. Раўажланып атырған мәмлекетлер ҳәм ең әззи регионлардың климат ҳәм екологиялық қаржыландырыўдан әдил пайдаланыўын тәмийинлеў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Өзбекстан шериклерге 2026-жыл 31-майдан 6-июньға шекем Самарқанд қаласында Глобал экологиялық қорының 8-ассамблеясын ҳәм Eco Expo Central Asia 2026 халықаралық көргизбесин өткериў режелери ҳаққында мағлыўмат берди. Бул илажлар турақлы раўажланыў, экологиялық қаржыландырыў мәселелери бойынша сөйлесиўди раўажландырыў, климат турақлылығы ҳәм тәбиятты қорғаў тараўында инновациялық шешимлер алмасыў ушын ири халықаралық платформа болыўы күтилмекте.
Өзбекстанның UNEA-7 шеңбериндеги қатнасыўы мәмлекетимиздиң көп тәреплеме экологиялық бирге ислесиўди беккемлеў, турақлылық, инклюзивлик ҳәм улыўма жуўапкершилик принциплери тийкарында келешектеги глобал экологиялық күн тәртибин қәлиплестириўде белсене қатнасыў бағдарындағы умтылысын тастыйықлады.








