Ҳүжжет инвестициялық орталықты жақсылаў, санластырыў, коррупцияға қарсы гүресиў, "жасыл" енергетиканы раўажландырыў сыяқлы 19 тийкарғы бағдарды қамтып алған. Өзбекстан бизнеси ЭБШ аналитикасы ҳәм ең жақсы әмелиятларынан пайдаланыў имканиятына ийе болады, бул болса оның бәсекиге шыдамлылығын арттырады ҳәм инвесторлардың исенимин беккемлейди.

Сондай-ақ, Өзбекстан 50 ден аслам мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатланып атырған Экономикалық бирге ислесиў шөлкеминиң Халықаралық инвестициялар ҳәм көп миллетли кәрханалар ҳаққындағы декларациясына қосылыў ушын арза берди. Бул қәдем мәмлекетимиздиң глобал рейтинглердеги орнын беккемлеп, инвесторлар ушын қосымша кепилликлерди тәмийинлеўи керек.

Бирге ислесиў билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўларын модернизациялаў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, қайта тиклениўши энергия дәреклерин раўажландырыў ҳәм социаллық қорғаў системасын күшейтиўди нәзерде тутады.

Форум шеңберинде қатнасыўшы мәмлекетлердиң ўәкиллери менен ушырасыўлар өткерилип, олар Өзбекстандағы бизнес миссиясына ҳәм 2026-жыл 16-19-июнь күнлери өткерилиўи режелестирилген Ташкент халықаралық инвестициялық форумында қатнасыўға қызығыўшылығын тастыйықлады.