Өзбекстан балаларға зорлықты сапластырыў бойынша глобал альянсқа қосылды

    5 қыркүйек 2025 1087

    Өзбекстан балаларға зорлықты сапластырыў бойынша глобал альянсқа қосылған 46-мәмлекет болды.

    Бул қарар мәмлекеттиң бала ҳуқықларын қорғаў тараўында ерискен жетискенликлерине тийкарланған. Атап айтқанда, май айында "Балаларды зорлықтың барлық түрлеринен қорғаў ҳаққында"ғы нызам қабыл етилди, ҳәзирги ўақытта ҳәр бир баланы тәсиршең қорғаўға қаратылған секторлараралық стратегия ҳәм ҳәрекетлер режеси ислеп шығылмақта.

    ЮНИСЕФ бул бағдарда Өзбекстан ҳүкимети менен бирге ислесиўден мақтанышлы екенин атап өтти. Биргеликтеги ҳәрекетлер ҳәр бир бала ушын - шаңарақ, мектеп ҳәм жәмийетте қәўипсиз ҳәм қоллап-қуўатлаўшы орталық жаратыўға қаратылады.