Сөйлесиўлер даўамында тәреплер қоршаған орталықты қорғаў, климат
өзгериўине қарсы гүресиў ҳәм тәбияттан турақлы пайдаланыў тараўларында
илимий-әмелий бирге ислесиўди және де кеңейтиў перспективаларын додалады.
Азиз Абдуҳакимов
бүгинги күнде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында
экологиялық күн тәртиби мәмлекетлик сиясаттың әҳмийетли бағдарларынан бири
екенин атап өтти. Мәмлекетимизде "Жасыл мәкан", "Таза ҳаўа",
"Шығындысыз аймақ", "Биологиялық мийрас", "Экологиялық
мәденият" сыяқлы кең көлемли миллий жойбарлар, сондай-ақ, мәмлекетимиз
басшысының Самарқандты Орайлық Азияның "жасыл" инвестиция ҳәм
инновациялар пайтахтына айландырыў бойынша басламасы әмелге асырылмақта.
Қытай Илимлер
академиясы ҳәм Синьцзян экология
ҳәм география институты менен стратегиялық шерикликти буннан былай да
раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды. Қум-шаң боранларының ерте алдын алыў
орайын шөлкемлестириў, Қытай технологиясы тийкарында ботаника ҳәм галофит
бағлар тармағын раўажландырыў, тәбийғый ресурсларды қазып алыўда экологиялық
қәўипсиз технологияларды енгизиў бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары болып
есапланады.
Ушырасыў
жуўмағында жерлерди тиклеў, шөллениўге қарсы гүресиў, шаң ҳәм қум боранларының
алдын алыў тараўындағы бирге ислесиўди раўажландырыўға қосқан үлеси ушын Синьцзян экология ҳәм география
институтының бас директоры, профессор Чжан Юаньмин "Тәбият
қорғаўшысы" көкирек белгиси менен сыйлықланды.
Өз гезегинде,
Өзбекстан - Қытай илимий бирге ислесиўин беккемлеўдеги хызметлериниң тән
алыныўы сыпатында Азиз Абдуҳакимовқа Синьцзян экология ҳәм география
институтының "Ҳүрметли профессоры" атағы берилди.