Транспорт министрлигиниң мәлим етиўинше, Саудия Арабстанына пәрўазларда Умра мәўсиминиң жуўмақланыўы есапқа алынады. Барлық зыяратшылар 2026-жыл Ҳаж мәўсими басланыўына шекем мәмлекеттен шығып кетиўи керек.
«Uzbekistan Airports» АЖ барлық жолаўшыларда қайтып келиў билети бар ямаса жоқ екенлигин тексерип барыўы, қайтып келиў билети жоқ жолаўшылардың дизимин ҳәр күни "Узавиация" агентлигиниң Штабына усынып барыўы шәрт.
Барлық авиакомпаниялар ҳәм туроператорлар зыяратшыларды тек ғана лицензияланған "Умра" бағдарламалары бойынша қайтып келиў билети, жасаў, трансфер, аўқатланыў ваучерлери ҳәм қамсызландырыў полиси менен тәмийинлесин.
Бортта жолаўшылар барлық ҳүжжетлерди алыў ҳәм қайтып келиў ушын дизимнен өтиў кестесине әмел етиў зәрүрлиги ҳаққында хабардар етиледи.
Пәрўазларды шөлкемлестириўде қәўипсизлик қағыйдалары, ҳаўа транспортының халықаралық стандартлары, Саудия Арабстаны ҳәм БАӘ ўәкилликли уйымларының талапларына әмел етиў талап етиледи.
"Узавиация" агентлиги қайтыў билетине ийе болмаған жолаўшылар ҳаққындағы мағлыўматларды улыўмаластырып, таллаў ҳәм илаж көриў ушын Дин ислери бойынша комитет, Туризм комитети ҳәм прокуратура уйымларына усынады.
Транспорт министрлиги басқа да уйымлар менен биргеликте жағдайды турақлы мониторинг етип барады ҳәм аймақтағы жағдай өзгерип барған сайын қосымша көрсетпелер берип барады.