Бул шақырыққа бурын қосылған Өзбекстан балаларды қорғаў, зорлық-зомбылықтың алдын алыў ҳәм уйымлараралық бирге ислесиўди раўажландырыў тараўында қабыл етилген миннетлемелердиң орынланыўы бойынша жыллық есабатын усынды.

Мәмлекетимиз делегациясына Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги директоры Мансурбек Оллоёров басшылық етти.

Ол өткен жылда әмелге асырылған тийкарғы жетискенликлерди атап өтти:

2025-жыл май айында күшке кирген "Балаларды зорлықтың барлық түрлеринен қорғаў ҳаққында"ғы нызам қабыл етилди;

Балаларды қорғаў бойынша көп тармақлы Миллий стратегия ҳәм Ҳәрекетлер режеси ислеп шығылған;

мүнәсибет билдириў ҳәм мәлимлеме алмасыўдың уйымлараралық стандартлары тастыйықланған;

Жынаят, Ҳәкимшилик ҳәм ЖПКке өзгерислер киргизилген болса;

унамлы ата-ана ҳәм шаңарақларды қоллап-қуўатлаў бағдарламалары жолға қойылған;

билимлендириў мәкемелеринде қәўипсиз ҳәм гендерли стандартлар енгизилген;

зорлыққа ноллик кеңпейилликти қәлиплестиретуғын мәлимлеме кампаниясы әмелге асырылды.

Бул илажлар социаллық қорғаўды күшейтиў ҳәм зорлықтың алдын алыў бойынша системалы реформаның бир бөлеги болды. "Инсан" социаллық хызметлер орайлары, балалар ҳәм шаңарақларға күнделикли жәрдем көрсетип атырған 9 мыңнан аслам социаллық хызметкерлер үлкен роль атқармақта.

Делегация басшысы өз сөзинде:

"Статистикадағы ҳәр бир сан артында баланың өмири, қәдири ҳәм келешеги турыпты ҳәм бул бизди кешиктирмей ҳәрекет етиўге мәжбүр етеди. Өзбекстан Орайлық Азияда биринши болып " PathFinding 2.0" глобал альянсына қосылды. Биз ушын бул тек ғана тән алыў емес, ал тәжирийбе бөлисиў, басқалардан үйрениў ҳәм ҳәр бир бала қорғалатуғын системаны қурыўда даўам етиўдей жуўапкершилик болып табылады".

Конференция ҳуқықый механизмлерди күшейтиў, социаллық хызметлердиң нәтийжелилигин арттырыў ҳәм балаларды зорлықтан қорғаў бойынша халықаралық миннетлемелердиң орынланыўын жеделлестириў бойынша әмелиятлар алмасыў ҳәм келеси қәдемлерди белгилеў ушын майдан болды.