Өзбекстан ШБШның қоршаған орталықты қорғаў тараўындағы бирге ислесиў ҳаққындағы келисимин тастыйықлады

    27 қыркүйек 2025 582

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Халықаралық шәртнаманы тастыйықлаў ҳаққында"ғы қарары қабыл етилди (26.09.2025-жыл ПҚ-292-санлы).

    Қарарға муўапық, Шанхай бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлердиң ҳүкиметлери арасында қоршаған орталықты қорғаў тараўында бирге ислесиў ҳаққындағы келисим тастыйықланды.

    Келисимге 2024-жыл 4-июль күни Астана қаласында Шанхай бирге ислесиў шөлкеми Мәмлекет басшылары кеңесиниң мәжилисинде қол қойылған.

    Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги халықаралық шәртнаманы әмелге асырыўға жуўапкер болған ўәкилликли уйым етип белгиленди.

    Министрлер Кабинети, тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары халықаралық шәртнама күшке киргеннен кейин оның қағыйдаларының орынланыўы үстинен белгиленген тәртипте қадағалаўды тәмийинлейди.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates