Қарарға муўапық, Шанхай бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлердиң ҳүкиметлери арасында қоршаған орталықты қорғаў тараўында бирге ислесиў ҳаққындағы келисим тастыйықланды.
Келисимге 2024-жыл 4-июль күни Астана қаласында Шанхай бирге ислесиў шөлкеми Мәмлекет басшылары кеңесиниң мәжилисинде қол қойылды.
Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги усы халықаралық шәртнаманы әмелге асырыўға жуўапкер болған ўәкилликли уйым етип белгиленди.
Министрлер Кабинети, тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың басшыларына халықаралық шәртнама күшке киргеннен кейин оның қағыйдаларының орынланыўы үстинен қадағалаўды тәмийинлеў тапсырылды.





