Ең қымбат такси тарифлери Швейцария, Люксембург, Албания, Бахрейн ҳәм Кувейтте дизимге алынған.
Ең арзан хызметлер Қырғызстанда - бир километр ушын 0,23 АҚШ доллар, сондай-ақ, Филиппинде - 0,26 АҚШ доллар.
ҒМДА мәмлекетлери арасында такси хызметлериниң ең жоқары баҳалары Қазақстанда белгиленген. Әзербайжанда ҳәр бир километр ушын орташа 0,59 АҚШ доллары, Россия, Арменияда - шама менен 0,4 АҚШ доллары, Тәжикстанда - 0,32 АҚШ доллары, Молдова ҳәм Беларуста - 0,3 АҚШ доллары муғдарында жол ҳақы төленеди.
Усы тәризде, Өзбекстан халық ушын да, сырт елли туристлер ушын да қолайлылық дәрежесин арттыратуғын ең арзан такси тарифлерине ийе мәмлекетлер қатарында қалмақта.