Ҳүжжет 05.02.2026-жылдағы ПҚ-49-санлы қарарға муўапық қабыл етилген болып, "Аўыр" мәҳәллелер халқы ушын турақлы дәрамат дәреклерин жаратыўға қаратылған. Бундай аймақлардың 903 инде 300-500 кВт/саат қуўатлылықтағы киши қуяш электр станцияларын пайдаланыўға тапсырыў нәзерде тутылған болып, оларға дәрамат келтиретуғын активлер сыпатында қарайды.
Жойбар Энергетика министрлиги тәрепинен энергия нәтийжелилиги миллий агентлиги менен биргеликте әмелге асырылмақта. Тиклениў ҳәм раўажланыў қорынан ажыратылатуғын қаржылар Энергетика министрлигиниң айрықша ғазна есап бетинде есапқа алынады.
Тараў министрликлери бир ай мүддетте станцияларды жойбарластырыў, мәмлекетлик экспертизадан өткериў, жумысты бөлип алып ислеўшилерди таңлаў, қурыў, пайдаланыўға тапсырыў ҳәм басқарыў тәртибин және электр энергиясын сатыўдан түсимлерди бөлистириў механизмин тәртипке салыўшы айрықша президент қарары жойбарын киргизсин.
Қарақалпақстан Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимликлерине станцияларды қурыў ушын турақлы пайдаланыў ҳуқықы тийкарында белгиленген тәртипте жер майданларын ажыратыў тапсырылды. Экологиялық экспертиза ҳәм кадастр рәсмийлестириўи бийпул әмелге асырылады.
Энергетика министрлиги 2026-жылдың ақырына шекем Экономика ҳәм қаржы министрлиги менен биргеликте орынланған жумысларды қайта есап-санақ етеди ҳәм зәрүр жағдайларда жойбарды қосымша қаржыландырыў бойынша Министрлер Кабинетине усыныслар киргизеди.
Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 09.02.2026-жылдан күшке кирди, деп жазады «Norma».