Омманда Өзбекстан-Иордания сиясий мәсләҳәтлесиўлери болып өтти

    2025-жыл 21-сентябрь күни Оман қаласында Өзбекстан Республикасы ҳәм Иордания Ҳошимийлер Патшалығы сыртқы сиясий уйымлары арасында сиясий мәсләҳәтлесиўлердиң екинши раунды болып өтти.

    Делегацияларға Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министриниң биринши орынбасары Баҳромжон Аълоев ҳәм Иордания сыртқы ислер ҳәм миграция мәселелери бойынша министриниң биринши орынбасары Дайфулло Али Аль-Файиз басшылық етти.

    Сөйлесиўлер ўақтында Иордания Ҳошимийлер Патшалығы Патшасы Абдулла II ибн аль-Ҳусайнниң Өзбекстанға дәслепки сапары еки тәреплеме бирге ислесиўдиң жаңа басқышын баслап бергени атап өтилди.

    Тәреплер сапар етиўдиң жуўмақлары бойынша қол қойылған "Жол картасы"нда белгиленген ўазыйпаларды басқышпа-басқыш әмелге асырыў мәселелерин додалады. Сиясий сөйлесиўди тереңлестириў, парламентлераралық байланысларды беккемлеў, шәртнамалық-ҳуқықый базаны кеңейтиў ҳәм халықаралық шөлкемлер шеңбериндеги бирге ислесиўди раўажландырыўға таяр екенлигин тастыйықлады.

    Экономикалық дипломатия мәселелерине - өз-ара саўда көлемин арттырыў, экономикалық байланысларды диверсификациялаў ҳәм биргеликтеги инвестициялық жойбарларды алға қойыўға айрықша итибар қаратылды.

    Мәдений-гуманитарлық байланысларды, билимлендириў, илим ҳәм туризм тараўларындағы бирге ислесиўди кеңейтиў перспективалары, сондай-ақ, халықаралық ҳәм регионаллық күн тәртибиниң айрықша мәселелери көрип шығылды, - деп Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министрлиги баспасөз хызмети хабар бермекте.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates