The Daily Star газетасына тийкарланып Reportтың жазыўынша, жолаўшылары бар автобус понтон өткели арқалы паромға кириў ушын гезек күтип турған ўақытта дәрьяға қулап түскен.

Басылымның жазыўынша, автотранспортта 40 қа шамалас адам болған. Жолаўшылардан 11 адам өз-өзинен жағаға шығыўға ерискен.

Қутқарыўшылар авариядан алты саат өткеннен кейин автобусты дәрья түбинен алып шыққан. Ҳәзирги ўақытқа шекем 18 марҳумның денеси табылған, және бир неше адам бийдәрек жоғалған.