Бишкекте Өзбекстан, Тәжикстан ҳәм Қырғызстан парламентлери басшыларының ушырасыўлары болып өтти

    Усы жылдың 23-сентябрь күни Бишкек қаласында болып өткен Орайлық Азия мәмлекетлериниң III парламентлераралық форумы шеңберинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Нарбаева Тәжикстан Республикасы Мажлиси милли Мажлиси Оли Раиси Рустам Эмомали ҳәм Қырғыз Республикасы Жогорку Кенеши Торағасы Нурланбек Шакиев пенен еки тәреплеме ушырасыўлар өткерди.

    Тәжикстан парламенти басшысы менен ушырасыўда тәреплер Өзбекстан ҳәм Тәжикстан арасындағы стратегиялық шерикликтиң жоқары дәрежесин тастыйықлады. Жақсы қоңсышылықты беккемлеў ҳәм турақлы раўажланыўды тәмийинлеўде парламентлераралық бирге ислесиў айрықша әҳмийетке ийе екени атап өтилди.

    Тәреплер бир қатар регионаллық ҳәм халықаралық илажларға таярлық көриў мәселелери бойынша да пикир алысты. Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының жетинши Мәсләҳәт ушырасыўы, "Өзбекстан - Тәжикстан" парламентлераралық комиссиясының биринши мәжилиси, сондай-ақ, "Орайлық Азия - Корея Республикасы" форумы усылардың қатарына киреди.

    Қырғызстан Республикасы Жогорку Кенешиниң Баслығы менен ушырасыўда еки мәмлекет арасындағы парламентлераралық бирге ислесиўдиң ҳәзирги жағдайы ҳәм перспективалары додаланды.

    Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси ҳәм Қырғыз Республикасы Жогорку Кенеши арасында бирге ислесиў бойынша Парламентлераралық комиссияның жумысы жоқары баҳаланды. Атап айтқанда, комиссияның Самарқандтағы мәжилиси нәтийжели өткени ҳәм бул сөйлесиў парламентлераралық исенимди және де беккемлегени атап өтилди.

    Жоқары дәрежеде ерисилген келисимлердиң орынланыўын тәмийинлеўде парламентлик қадағалаў институтының ролин күшейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates