Форум Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институты, БМШтың Орайлық Азия ушын превентив дипломатия бойынша регионаллық орайы, ЕҚБШ, ЕА, сондай-ақ, бир қатар халықаралық ҳәм миллий шериклер менен биргеликте шөлкемлестирилди.

Форум жумысында ҒМДА, Азия, Европа ҳәм Америкадағы жетекши "ақыл орайлары"ның экспертлери, сондай-ақ, Орайлық Азия мәмлекетлериниң пуқаралық жәмийети, бизнес, академиялық топарлардың ўәкиллери ҳәм жаслар белсендилери қатнасты.

Ферғана алабы - ажыратыў сызығынан өз-ара түсинисиў кеңислигине.

Өтмиште көбинесе кескинлик ҳәм қарама-қарсылықлар менен байланыслы болған Ферғана ойпатлығы бүгин исеним, қарым-қатнас ҳәм дөретиўшилик мәканына айланбақта.

Әсирлер даўамында ойпатлық саўда жоллары, мәденият ҳәм динлер кесилискен цивилизациялар кесилиспеси болып хызмет еткен. Бирақ XX әсир ҳәм XXI әсирдиң басы сынақларды алып келди: шегаралардың жабылыўы, жәмәәтлердиң бөлиниўи, қоңсылар арасында исенимсизлик.

Ҳәзир регион мәмлекетлери басшыларының сиясий ерк-ықрары менен тарийхтың бул бети ашылмақта. Мәмлекетлер аралық шегаралар әсте-ақырын бирге ислесиў көпирлерине, Ферғана ойпатлығының өзи болса Орайлық Азияның жаңа дәўириниң символына айланбақта.

СМТИ директоры Элдор Арипов форум тек ғана додалаў майданы емес, ал регионаллық бирге ислесиўдиң жаңа философиясын қәлиплестириў жолындағы қәдем екенин атап өтти.

Ол Президент Шавкат Мирзиёевтиң БМШ Бас Ассамблеясының юбилей 80-сессиясында айтқан сөзлерин еске алды:

"Орайлық Азияда жабық шегаралар, шешилмеген тартыс ҳәм келиспеўшиликлер дәўири артта қалды. Бүгин Жаңа Орайлық Азияның қәлиплесиў процеси басланды.

"Он жыллар даўамында Ферғана ойпатлығы қурамалы қарама-қарсылықлар аймағы сыпатында қабыл етилди. Бүгин болса жақсы қоңсышылық, ашық-айдынлық ҳәм биргеликте дөретиўшилик арқалы тарийхый исенимсизлик мийрасын жеңип өтиўдиң үлгисине айланбақта", - деп атап өтти Элдор Арипов.

Оның сөзлерине бола, "бизиң форум бул процессти беккемлеў, оны өз-ара түсинисиў ҳәм турақлы раўажланыўдың узақ мүддетли стратегиясына айландырыўға урыныў болып есапланады".

Элдор Арипов Өзбекстан Президентиниң Орайлық Азиядағы сиясаты табысының гиреўи оның "стратегиялық көзқарасы, сиясий ерк-ықрары, сөйлесиўге исеними ҳәм ең әҳмийетли мәселелер бойынша да жақын қоңсылар менен келисиў имканияты" болғанын атап өтти.

Форум жаңа дәстүр - үш мәмлекет ўәкиллериниң тәжирийбе алмасыў, биргеликтеги басламаларды ислеп шығыў ҳәм регионаллық тилеклеслик идеяларын алға қойыўға қаратылған ҳәр жылғы ушырасыўларының басланыўы болады.

Келешекке қарай жол: Орайлық Азия тынышлық ҳәм биргеликтеги өсиў аймағы сыпатында

Илаж жуўмағы бойынша регион мәмлекетлериниң өз-ара исенимди беккемлеў, гуманитарлық байланысларды раўажландырыў ҳәм биргеликтеги экономикалық өсиў ушын шараятлар жаратыўға умтылысын сәўлелендиретуғын Коммюнике қабыл етилиўи керек.

"Биз тек ғана биргеликте шегаралар ажыратыў сызықлары емес, ал тутастырыў сызықларына айланатуғын келешекти қурыў мүмкин екенлигине исенемиз.

Ферғана тек ғана ойпатлық емес. Бул Орайлық Азияның айнасы. Бул жерде тынышлық болса, пүткил регионға тарқалады. Бул жерде исеним пайда болса, ол пүткил Евроазия ушын жаңа нормаға айланады", - деп атап өтти Элдор Арипов.