Пәрманға муўапық, мәмлекетлик уйымлардың ўазыйпа ҳәм функциялары төмендеги 5 басқышқа ажыратылады:

  • конституциялық ҳәм миллий дәрежеси;
  • республикалық атқарыўшы ҳәкимият уйымларының дәрежеси;
  • аймақлық дәреже;
  • район (қала) дәрежеси;
  • мәҳәлле (посёлка, аўыл) пуқаралар жыйыны дәрежеси.

2026-жыл 1-январьдан "Жаңа Өзбекстан көринисиндеги район (қала) " статусына ийе 33 районда (қалада) жумыс алып барып атырған мәмлекетлик уйымларда кадрлардың ротацион системасы енгизиледи. Бунда:

  • республикалық атқарыўшы ҳәкимият уйымларының районлық (қалалық) бөлимлери басшыларының, сондай-ақ, район (қала) ҳәкимлери ҳәм олардың орынбасарларының ротация етиў ҳәр бес жылда, әдетте, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы шеңберинде басқа район (қала) ға әмелге асырылады;
  • ротация етилетуғын басшыларды анықлаў Агентликтиң «hrm.gov.uz» электрон платформасы арқалы әмелге асырылады;
  • басшы жаңа аймаққа көшиўден алдын аймақтың экономикалық ҳәм социаллық жағдайы бойынша интенсив курсда оқытылады;

Агентлик электрон платформа арқалы ротациядан өткен басшылардың жумысын онлайн мониторинг етпекте.