18-ноябрь күни Қабул қаласында "Имам Абу Ҳанифа - 4-миллий ҳәм халықаралық көргизбе ҳәм саўда ярмаркасы" шеңберинде Аўғанстан ҳәм сырт мәмлекетлердиң жеке меншик сектор ўәкиллериниң бизнес ушырасыўы болып өтти.

Илажда 130 аўғанстанлы исбилермен, 80 Өзбекстан, 30 Иран, 20 дан аслам Ҳиндстан ҳәм 10 Түркменстан ўәкиллери қатнасты.

Ушырасыўлар азық-аўқат санааты, қурылыс материаллары, фармацевтика, тоқымашылық, логистика, энергетика ҳәм турмыслық техника тараўлары бойынша шөлкемлестирилди.

Бизнес шериклер табыў бойынша конференцияның ашылыў мәресиминде Аўғанстан саўда ҳәм санаат министри Нуриддин Азизий, сондай-ақ, бир неше мәмлекет палаталарының басшылары қатнасты.

В2В форматында саўда бирге ислесиўин кеңейтиў, биргеликтеги жойбарларды ислеп шығыў, инвестициялық басламаларды алға қойыў ҳәм Аўғанстан базарында экспорт имканиятларын арттырыў мәселелери додаланды.

Ушырасыўлар жуўмағында өзбекстанлы исбилерменлер 36,05 миллион АҚШ доллары муғдарында дәслепки келисимлерге еристи.

Буннан тысқары, Өзбекстан Саўда-санаат палатасы ҳәм Аўғанстан Саўда ҳәм инвестициялар палатасы еки мәмлекет аймағында "Саўда үйлери"н шөлкемлестириў ҳәм палаталардың ўәкилханаларын ашыў бойынша бирге ислесиў меморандумына қол қойды.

Көргизбе шеңбериндеги ушырасыў ҳәм сөйлесиўлер даўам етпекте.