Cаll-орайға мүрәжат етип, пуқаралар төмендегилерди әмелге асырыўы мүмкин:
мүддетли хызмет ҳәм мобилизациялық шақырыўлар менен байланыслы барлық сораўларға жуўап алыў;
социаллық қорғаў, денсаўлықты сақлаў ҳәм медициналық тәмийнат мәселелери бойынша зәрүрли мәлимлемени билиў;
қорғаныў тараўында кадрлар мәселелери ҳәм хызметлер көрсетиў бойынша түсиниклер алыў.
Пуқаралардың жеке мағлыўматлары, мүрәжатлардың мазмуны ҳәм алынған барлық мағлыўматлар қатаң сыр сақланады. Барлық мүрәжатлар нызамшылықта белгиленген тәртипте көрип шығылып, коррупцияның мүмкин болған көринислери ямаса басқа да ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы хабарлар тийисли илажлар көриў ушын тийкар болады.
Қорғаныў министрлигиниң Cаll-орайы пуқаралар ҳәм шөлкемлердиң басқарма менен қолайлы ҳәм оператив байланысын тәмийинлеў, мәмлекетлик ҳәм қорғаныў структураларының жумысы менен байланыслы сораўларға тез ҳәм исенимли жуўап алыў мақсетинде шөлкемлестирилген.