Жойбар Өзбекстан Республикасы Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги ҳәм Жеңил санаатты раўажландырыў агентлигиниң жәрдеминде әмелге асырылды. Оның тийкарғы мақсети Россия базарында миллий брендлерди алға қойыў ҳәм жергиликли өнимлердиң сырт елдеги орнын кеңейтиўден ибарат.
Ашылыў мәресиминде Агентлик басшысы Нозим Холмурадов ҳәм ИНПС департаментиниң директоры Иномжон Абдураҳмонов қатнасты.
Жойбар шеңберинде орайласқан ҳалда саўда орынлары ҳәм қоймаханалар ижараға алынып, Өзбекстанның тоқымашылық, аяқ кийим ҳәм тигиўшилик тармақлары кәрханаларына берилди. Бүгинги күнде майданшада 38 саўда орны жумыс алып бармақта, оларда Өзбекстан компаниялары өз өнимлери - кийим-кеншек, аяқ-кийим, үй текстили ҳәм ҳәр қыйлы аксессуарларды жедел усыныс етпекте.
Жаңа платформаның ашылыўы тиккелей сатыў, россиялы шериклер менен шәртнамалар дүзиў ҳәм мәмлекеттиң ең ири базарында миллий брендлердиң орнын беккемлеў ушын кең имканиятлар жаратады.
Өзбекстанлы ислеп шығарыўшылар дәстүрий офлайн саўдадан тысқары, Россияның жетекши онлайн платформалары - Wildberries, Ozon, Яндекс, Маркет ҳәм Авито арқалы да өз өнимлерин таныта алады, бул болса жергиликли брендлердиң барлық аймақларда болыўын тәмийинлейди ҳәм россиялы тутыныўшылар арасында олардың танылыўын арттырады.











