Фестиваль жуўмағында бир неше номинациялар бойынша ең жақсы қатнасыўшылар сыйлықланды. Бас сыйлық - "Ең жақсы павильон"ды Сурхандәрья ўәлаяты қолға киргизди. Ўәлаят жүзимгершилик дәстүрлери, жергиликли өнимлердиң көргизбеси, павильон миллий усылда безетилгени менен ажыралып турады.

Басқа номинациялар бойынша да жеңимпазлар диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Төртинши мәрте өткерилип атырған фестивальда Өзбекстанның барлық аймақларынан фермер хожалықлары, экотуризм тараўындағы исбилерменлер ҳәм өндирис кәрханаларының ўәкиллери қатнасты. Сондай-ақ, илажда 30 дан аслам мәмлекеттен илимпазлар, экспертлер ҳәм тараў қәнигелери қатнасты.

Фестиваль шеңберинде аўыл хожалығы ярмаркалары, жүзимгершилик ҳәм виношылық мәселелерине бағышланған халықаралық әнжуманлар, бизнес-семинарлар өткерилди. Буннан тысқары, миллий өнимлер көргизбелери, бай мәдений бағдарлама шөлкемлестирилди.

Фестиваль тәжирийбе алмасыў, жергиликли өнимлерди үгит-нәсиятлаў, жүзимгершилик, виношылық ҳәм туризм тараўларында халықаралық бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў майданына айланды.