Москва ўәлаятында Өзбекстан ҳәм Россия Аймақлар кеңесиниң екинши мәжилиси болып өтти

    22-октябрь күни Москва ўәлаятында Өзбекстан ҳәм Россия Аймақлар кеңесиниң екинши мәжилиси болып өтти. Өзбекстан делегациясына Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Жамшид Хўжаев, Россия делегациясына Россия Федерациясы Ҳүкимети Баслығының биринши орынбасары Денис Мантуров басшылық етти.

    Форум еки мәмлекет арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларының жоқары дәрежесин тастыйықлады. Бүгинги күнде Өзбекстанның 14 аймағы Россия Федерациясының 50 ден аслам субъекти менен турақлы байланысларға ийе болып, қоспа жойбарлардың улыўма портфели 6,2 миллиард доллардан артты.

    Саўда-экономикалық бирге ислесиў, санаат кооперациясы, аграр бирге ислесиў ҳәм мәдений-гуманитарлық шерикликти раўажландырыў мәжилисиниң тийкарғы темалары болды.

    Электрон саўда, қоспа санаат кәрханаларын шөлкемлестириў, көтере саўда ҳәм бөлистириў орайларын раўажландырыў, сондай-ақ, еки мәмлекет мийнет базарларында талап жоқары болған қәнигелерди таярлаў ушын дуал билимлендириўди енгизиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

    Мәжилис жуўмағында Россия ҳәм Өзбекстан аймақлары арасында саўда-экономикалық, илимий-техникалық ҳәм гуманитарлық тараўларды қамтып алған 30 дан аслам келисимге қол қойылды. Илаж әмелий аймақлараралық бирге ислесиўди беккемлеўдеги гезектеги қәдем болды.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates