Усы мүнәсибет пенен Өзбекстан Миллий кино көркем өнери сарайында баспасөз әнжуманы ҳәм жаслар форумы болып өтти.

Баспасөз әнжуманында Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Нәшебентлик затлар ҳәм оқ атыў қуралларын қадағалаў агентлиги директорының орынбасары Шавкат Қаюмов, Жаслар ислери агентлиги директорының орынбасары Абдулазиз Мўминов, Ишки ислер министрлиги Жәмиетлик қәўипсизлик департаменти Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы хызметиниң баслығы Шароф Уралов, Республикалық қәнигелестирилген психикалық саламатлық илимий-әмелий медицина орайының директоры Зарифжон Ашуров, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министриниң орынбасары Фарҳод Боқиев, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министриниң орынбасары Ўктам Саломов шығып сөйледи.

Атап өтилгениндей, мәмлекетимиз басшысының Олий Мажлис ҳәм халқымызға жоллаған Мүрәжатында қәўетерли санлар жәрияланған: өткен жылы 14 мыңнан аслам нәшебентлик затларға байланыслы жынаятлар дизимге алынған, соннан үш мыңға шамаласы жаслар тәрепинен жүз берген. Соның менен бирге, нәшебентлик затлардың саўдасы трансшегаралық ҳәм виртуал түрге енбекте, бул болса жынаятларды анықлаўдың жаңа усылларын қабыл етиўди талап етпекте.

Мәселен, Нәшебентлик ҳәм нәшебентлик қылмысларының ерте алдын алыў ҳәм оларға қарсы гүресиў бойынша 2025-2026-жылларға мөлшерленген комплексли әмелий ҳәрекетлер Миллий бағдарламасы жәмийетте бул иллетке қарсы маўасасыз мүнәсибет орнатыў, Өзбекстанда нәшебентлик қылмысларына қарсы гүресиўди улыўма миллий ҳәрекетке айландырыўға қаратылған. Бул жерде жасларда күшли руўхый-психологиялық иммунитетти қәлиплестириў оғада әҳмийетли.

Мәлим етилиўинше, ҳуқық қорғаў уйымларының муўапықластырылған ҳәрекетлери нәтийжесинде 2025-жылы нәшебентлик, психотроп ҳәм күшли тәсир ететуғын қураллардың нызамсыз айланысы менен байланыслы 15 мың 412 жынаят (1956 - ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық) анықланған.

Соның менен бирге, бул қылмыслардың үлкен бөлеги (40 проценти) нәшебентлик қуралларын сақлаў менен байланыслы. Олардың нызамсыз айланысы 36 процентти (5577) қурайды. Үшинши орында қадаған етилген егинлерди егиў - 13 процент (1968).

Аймақлар кесиминде таллаўлар соны көрсетеди, өткен жылы нәшебентлик қылмысларының 53 проценти (3986) пайтахтымызда, екинши ҳәм үшинши орынларда Ферғана (2178) ҳәм Ташкент (1954) ўәлаятларында жүз берген.

Өткерилген оператив-излеў илажлары нәтийжесинде 3 тонна 413 килограмм нәшебентлик қуралларының нызамсыз айланысқа кирип келиўиниң алды алынды. Соның менен бирге, гашиш (48 процент ямаса 1470 кг) ҳәм опий (27 процент ямаса 819 кг) тийкарғы үлеске ийе.

Өткен жылғы жағдайдың өзине тән өзгешелиги сонда, қоңсылас мәмлекетлердиң аймақларынан нәшебентлик затларын алып кириў менен бирге, оларды ислеп шығарыў көлеми де артқан. Атап айтқанда, 14 жасырын нарколаборатория анықланып, олардан 75 кг нәшебентлик ҳәм күшли тәсир етиўши қураллар алынды ҳәм белгиленген тәртипте жоқ етилди.

Нәшебентлик затлар саўдасы менен байланыслы жынаятларды ислегени ушын 11 мың 49 адам жуўапкершиликке тартылған. Тилекке қарсы, бул ўақытта 59 мектеп оқыўшысы ҳәм 124 студент жынаятшылардың арасында болды.

2024-2028-жылларда Өзбекстан Республикасында нәшебентлик ҳәм наркологияға қарсы гүресиў бойынша Миллий стратегияның тийкарғы мақсетлерине ерисиў илажлары шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 3-ноябрьдеги "Халықтың денсаўлығы ҳәм миллет генофондын нәшебентлик ҳәм наркологияға қарсы гүресиўден нәтийжели қорғаў бойынша комплексли илажлар ҳаққында"ғы пәрманы қабыл етилди.

Усы ҳүжжет пенен тастыйықланған Нәшебентлик ҳәм нәшебентлик қылмысларының ерте алдын алыў ҳәм оларға қарсы гүресиў бойынша 2025-2026-жылларға мөлшерленген комплексли әмелий ҳәрекетлер Миллий бағдарламасына муўапық, усы жылдың февраль айында "Жаслар нәшебентликке қарсы" айлығын өткериў шөлкемлестирилди.

Баспасөз әнжуманында шығып сөйлеген жуўапкерлер белгиленген профилактикалық ҳәм үгит-нәсиятлаў илажларының мазмун-мәнисин жәмиечиликке жеткерди. Нәшебентлик жынаятшылығына қарсы гүресиў илажлары ҳаққында республикамыз халқын нәтийжели хабардар етиў, жәмийетимизде дүньядағы бул иллетке маўасасызлық орталығын қәлиплестириў мақсетинде ғалаба хабар қураллары менен байланысларды күшейтиў зәрүрлиги атап өтилди.

Атап айтқанда, А.Муминовтың атап өтиўинше, айлық даўамында нәшебентлик қуралларының инсан саламатлығы ҳәм өмирине зыянлы тәсири бойынша дөретиўшилик жумыслар таңлаўын өткериў, үш миллионға шамалас жасларды қамтып алыў, "Жаслар" телеканалы менен биргеликте 10 сериялы "Гүрес" сериалын жаратыў, тематикалық флайерлер таярлаў ҳәм мәҳәллелерге тарқатыў, миллий армия қатарында әскерий хызметти өтеген жигитлерден ибарат "Қалқан" ықтыярлы дружина топарларын шөлкемлестирип, адамлар көп жыйналатуғын орынларда патруллик етиў нәзерде тутылған. Жоқарыда көрсетилген дөретиўшилик таңлаўлар жеңимпазларының сүўретлери ҳәм фотосүўретлеринен мини-музей шөлкемлестириў режелестирилген. Соның менен бирге, нәшебентлик затлары тәсиринде болған жаслардың бир бөлегин психологиялық, медициналық ҳәм социаллық реабилитациялаў бойынша хызметлердиң көлемин кеңейтиў зәрүр.

"Жаслар нәшебентликке қарсы" айлығының өзине тән өзгешелиги сонда, баспасөз әнжуманынан кейин Ташкент қаласы ҳәкимлиги менен биргеликте Өзбекстан Миллий кино көркем өнери сарайында жаслар форумы өткерилип, онда 1800 жаслар жетекшиси, ҳаял-қызлар кеңеслериниң белсендилери, республикамыз билимлендириў мәкемелериниң тәрбия жумысы бойынша қәнигелери, студентлер ҳәм жоқары класс оқыўшылары, мектеп инспектор-психологлары қатнасты.

Форумның ашылыўында "Бадал" қысқа метражлы фильминиң премьерасы болып өтти. Кинолента авторлары премьера ўақтында фильм жаратылыўына қандай ўақыялар түртки болғаны, сүўретке алыўда креатив көзқараслардан пайдаланып, жигит-қызларға тийкарғы идеяны - гүманлы заўықлар ушын оғада қымбат ҳақы төлеў керек екенлигин жеткериў ҳаққында айтып берди.

Форум даўамында қатнасыўшылар Ташкент қаласы Шайхонтоҳур районы Жарариқ мәҳәллесинде жаслардың нәшебентлик қуралларын пайдаланыўға тартылыўының алдын алыў бойынша бай тәжирийбе ҳәм жаслар арасында нәшебентлик қуралларына қарсы гүресиў бойынша Фронт-офистиң презентациясын додалады.

Көркем өнер шеберлериниң викториналары ҳәм концерт бағдарламалары әнжуман бағдарламасын байытты. Улыўма етип айтқанда, бул илаж жаслар арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, жас әўладты нәшебентликтиң қәўипли ақыбетлеринен ескертиў ҳәм турақлы руўхый иммунитетти қәлиплестириўге үлкен үлес болып қосылды.

Аблай Камалов.

"Правда Востока".

Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Наркотиклар ҳәм оқ атыў қуралларын қадағалаў агентлиги Баспасөз хызметиниң жәрдеминде таярланды

Фото баспасөз хызмети архивинен.