Өзбекстан Республикасы Президенти - Қураллы Күшлер Жоқарғы Бас Сәркардасы тәрепинен елимиздиң қорғаныў қәбилетин беккемлеў бойынша белгиленген ўазыйпаларды сөзсиз ҳәм сапалы орынлаў бойынша Қорғаныў министрлиги системасында нәтийжели жумыслар әмелге асырылғаны атап өтилди. Нәтийжеде мәмлекет Қураллы Күшлериниң жаўынгерлик потенциалы жоқары дәрежеге көтерилди.

Миллий армиямыздың жаўынгерлик таярлығын арттырыў мақсетинде әскерлерде тийкарынан заманагөй қураллы соқлығысыўларды таллаў ҳәм раўажланған сырт ел армияларының унамлы тәжирийбелери енгизилди.

Атап айтқанда, АҚШ, Уллы Британия, Израил, Россия, Қытай, Ҳиндстан сыяқлы 10 нан аслам алдынғы сырт мәмлекетлер армияларының тәжирийбесин үйрениў тийкарында уйымлараралық қоспа қарар менен Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлериниң жаңа жаўынгерлик таярлық системасы ислеп шығылып, әмелиятқа енгизилди.

Онда жаўынгерлик таярлық дәрежеси оптималластырылып, әскерлерди жаўынгерлик таярлыққа келтириў мүддетлери 1,2 есеге қысқартылды.

2025-жылы пуқараларды мүддетли әскерий хызметке шақырыў ҳәм хызмет мүддетин өтегенлерди Қураллы Күшлер резервине шығарыў илажлары белгиленди.

Бәнтлик ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлигиниң Қорғаныў ислери бойынша бөлимлери ҳәм аймақлық бөлимлери менен биргеликте мүддетли әскерий хызметти өтеп, резервке шығарылған пуқаралардың 89,4 проценти жумысқа жайластырылды.

2025-жылы 385 әскерий хызметкер жеңиллетилген ипотека кредитлери тийкарында жаңа квартиралар, 178 и хызмет турақ жайлары менен тәмийинленди.

Қорғаныў министрлигине бириктирилген 14,6 мыңнан аслам "өз алдына жумыс ислеўди талап ететуғын жаслар" менен алып барылған профилактикалық ҳәм тәрбиялық илажлар нәтийжесинде 3,5 мыңға шамалас жаслар профилактикалық есаптан мүддетинен алдын шығарылды.

Қорғаныў министрлиги системасында 2025-жылдың өткен дәўиринде пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиў бойынша системалы жумыслар жолға қойылды.

2025-жылдың 11 айы даўамында Қорғаныў министрлигине физикалық ҳәм юридикалық тәреплерден 3 157 мүрәжат келип түскен болып, соннан 1 222 мүрәжат унамлы шешилген, 1 358 мүрәжат бойынша ҳуқықый мәсләҳәт берилген ҳәм 90 мүрәжат көрип шығылмақта.

Сондай-ақ, усы жылдың 1-ноябрьинен баслап министрлик системасындағы физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатлары менен ислесиў бөлими структурасында "Салл орай" бөлими шөлкемлестирилип, бир айда жәми 857 мүрәжат келип түскен. 722 мәселе аўызеки түрде шешилген, 135 мәселе көрип шығылмақта.

Додалаў жуўмақлары бойынша Қорғаныў ҳәм қәўипсизлик мәселелери комитетиниң қарары қабыл етилип, онда көрип шығылған мәселелер бойынша анық усыныслар сәўлелендирилди.