Ушырасыўда еки мәмлекет парламентлери арасындағы бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери додаланды. Атап айтқанда, парламентлераралық қатнасықларды беккемлеў, дослық топарларының жумысын жеделлестириў, жоқары дәрежеде ерисилген келисимлердиң нәтийжели әмелге асырылыўын тәмийинлеўде қоспа жойбарларды әмелге асырыў ҳәм парламентлик қадағалаўды әмелге асырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Сөйлесиўде Сербия Президенти А.Вучич мәмлекетимиз басшысының дана сиясаты тийкарында елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларды жоқары баҳалады, сондай-ақ, Өзбекстанның сыртқы сиясаттағы жедел ҳәм интакерлик позициясын, экономикалық көрсеткишлериниң турақлы өсип баратырғанын тарийхый әҳмийетке ийе ўақыя сыпатында атап өтти.

Өзбекстан ҳәм Сербия арасындағы дослық, өз-ара исеним ҳәм бирге ислесиў қатнасықлары избе-из раўажланып атырғаны айрықша атап өтилди.

Сербия Президентиниң Өзбекстанға сапары еки мәмлекет арасындағы қатнасықларда, соның ишинде, парламентлераралық байланысларды раўажландырыўда жаңа басқышты баслап бергени атап өтилди.