Ушырасыўда мәмлекетимизде гендер теңликти тәмийинлеў, ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў, зорлыққа қарсы гүресиў бағдарында әмелге асырылып атырған системалы реформалар ҳаққында толық мағлыўмат берилди. Атап айтқанда, нызамшылық ҳәм институционаллық базаны жетилистириў, ҳаял-қызлардың жәмиетлик-сиясий белсендилигин арттырыў, оларды қорғаў ҳәм реабилитациялаў хызметлерин раўажландырыў бағдарындағы жумыслар ҳаққында сөз болды.
Саара-София Сирен Өзбекстанда әмелге асырылып атырған гендер сиясатын жоқары баҳалады. Оның атап өтиўинше, мәмлекетте гендер зорлыққа қарсы гүресиў ҳәм ҳаял-қызлардың ҳуқықларын беккемлеў бағдарындағы басламалар үлкен әҳмийетке ийе.
Атап айтқанда, мәмлекетимиздиң 14 аймағында жумыс алып барып атырған ҳаял-қызларды реабилитациялаў ҳәм бейимлестириў орайларының әҳмийети атап өтилди. Сондай-ақ, пуқаралық жәмийети институтлары, мәмлекетлик емес шөлкемлердиң жедел қатнасыўы, гендер теңликти тәмийинлеў процесслерине ерлер ҳәм балаларды тартыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Өзбекстан ҳәм ЕҚБШ арасындағы бирге ислесиўди, соның ишинде, Орайлық Азия мәмлекетлери жетекши ҳаял-қызларының сөйлесиўи шеңбериндеги жумысын тереңлестириў, еки тәреплеме платформалар арқалы тәжирийбе алмасыў ҳәм әмелиятларды муўапықластырыў бойынша келисимге ерисилди.