Ушырасыўда парламентлераралық байланысларды раўажландырыў, нызамшылық, саўда-экономикалық, туризм, мәлимлеме технологиялары, билимлендириў ҳәм мәденият тараўларындағы бирге ислесиў мәселелери додаланды.

Кейинги жылларда еки мәмлекеттиң парламентлераралық бирге ислесиўи жеделлескени айрықша атап өтилди: Олий Мажлис палаталары ўәкиллериниң Швецияға сапарлары турақлы шөлкемлестирилмекте, 2025-жылы болса Швеция парламенти Спикериниң орынбасары Юлия Кронлидтиң Өзбекстанға сапары әмелге асырылды.

Ушырасыў жуўмағында еки мәмлекет парламентлериниң комитетлери арасында Турақлы раўажланыў мақсетлерин тәмийинлеў, гендер ҳәм социаллық сиясат, халықаралық шөлкемлер шеңбериндеги бирге ислесиў, шәртнамалық базаны кеңейтиў, сондай-ақ, жоқары билимлендириў ҳәм аймақлараралық бирге ислесиў тараўларында бирге ислесиўди раўажландырыўға келисип алынды.